Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

1-январьдан баслап сатыўшылардың пластик пакетлерди бийпул тарқатыўы қадаған етиледи



Өзбекстанда 1-январьдан баслап полимер плёнкадан таярланған пластик пакетлерди бийпул тарқатыў қадаған етиледи. Президент Шавкат Мирзиёев турмыслық шығындылар менен қатнас системасын жетилистириў илажлары ҳаққындағы қарарды тастыйықлады, деп хабар бермектеGazeta.uz «Өзбекстан 24» телеканалының «Ахборот 24» бағдарламасына тийкарланып.
Буннан гөзленген мақсет тәбияттың пластика менен патасланыў дәрежесин кемейтиў ҳәм халық арасында пакетлерге деген экономикалық қатнасықты қәлиплестириўден ибарат.
Келеси жылдан баслап сатыўшыларға өним сатып алған қарыйдарларға бийпул полиэтилен пакетлерди бериўи қадаған етиледи. Сондай-ақ, сатып алынып атырған өнимлердиң баҳасына пакетлердиң баҳасын қосыў ямаса олардың өзине түсер баҳасынан төмен баҳаларда сатыў да қадаған етиледи. Мәмлекет аймағында қалыңлығы 40 микроннан кем болған полимер плёнкадан пакетлер ислеп шығарыў қадаған етиледи. Тек ғана биологиялық жақтан бөлеклениўши услағышсыз полимер материаллардан таярланған пакетлер – өнимлерди ораўдың ажыралмас бөлеги болған пакетлер және турмыслық тутыныў ушын сатылатуғын орамларға руқсат бериледи.
 
    2018-05-21 12:08:36 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine