Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Aralda jasıl oazis payda bolmaqta



Derek: Qaraqalpaqstan xabar agentligi
 
Мойнақтан 200 километр арқада, бурынғы Возрождение атаўы майданында, яғный Аралдың ортасында мийўели ҳәм декоратив терек нәллери, гүллер егилип, жасыл оазис пайда етилмекте. Бул жойбарға аўыл хожалығы илимлери докторы, профессор Зиновий Новицкий басшылық етпекте.
– Бул майданға 16 түрдеги өсимлик түрлерин егилген. Олардың арасында ерик, алма, алша, жийде, тут, жүзим сыяқлы мийўе терек нәллери, голланд әтиргүллери, туя сыяқлы декоратив терек нәллери де бар. – дейди З.Новицкий. – Бул өсимликлерди суўғарыў ушын қудықлар керек. Қудықлар, сондай-ақ, шарўа малларын суўғарыў ушын, улыўма флора ҳәм фаунаның раўажланыўы ушын керек.
Илимпаздың айтыўына қарағанда, бул майданда жасыл оазис жаратыў тәжирийбе формасында әмелге асырылмақта.
Ҳәзирги ўақытта теңиздиң қурыған майданының 468 мың гектарына сексеўил егилген болса, соның 100 мың гектардан аслам майданында туқымлар көгерип шыға баслаған. Аралқумда бәҳәр кеш басланыўын есапқа алғанда, бул еле ҳәммеси емес, – дейди аўыл хожалығы қәнигелери. – Апрельдиң ақырына шекем басқа майдандағы сексеўиллер де бой көтереди. Быйылғы қыста қардың мол болғаны, бәҳәрдиң жаўын-шашынлы келгени басланған ийгиликли ислерге үнлес болды.
 
 
    2019-04-19 17:38:24 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine