Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Aralǵa baǵıshlanǵan ekologiyalıq marafon



Derek: kknews.uz
 
Нөкис қаласында республикамызда Арал машқалаларына бағышланып болып өтетуғын жоқары дәрежедеги конференция алдынан шөлкемлестирилген «ARAL MARATHON»  халықаралық экологиялық марафоны болып өтти.
«Биз келешек ушын жуўапкермиз» сүрени астындағы марафонға жоқары  ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларынан, мийнет жәмәәтлеринен еки мыңға жақын жас қатнасты.
Ҳәптелик марафонды өткериўдеги мақсет, жаслар арасында экологиялық тәрбияны раўажландырыў, олар арасында спортты үгит нәсиятлаў болып табылады. Соның менен саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде, аймағымыздағы экологиялық машқалаларды сапластырыўда халқымызды бирлестириўден ибарат.
Қызықлы өткен марафон жуўмағында жеңимпазлар анықланды. Ер балалар арасында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Қуўатжан Әбдимуратов, қызлар арасында Нөкис Олимпиа резервлери колледжиниң оқыўшысы Асалай Жумабаева финишке биринши болып келди.
 
Бул марафон 22-октябрь күни Мойнақ районында болып өтти.
New Muynak City
 
    2019-10-22 14:29:26 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine