Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Booking.com korporaciyasınıń programmisti Nókiste sabaq bermekte



18-апрельден ТИТУ Нөкис филиалында белгили booking.com корпорацияcыныӊ Голландиядағы офиси программисти Ҳикмет Абдуллаев тәрепинен студент жасларға сабақ шөлкемлестирилмекте.
Программист Ҳикмет Абдуллаев тийкарынан Объектке бағдарланған программаластырыў тиллери пәнинен студент жасларға жаӊа мағлыўматлар бермекте.
ТИТУ Нөкис филиалы бүгинги күни  раўажланған мәмлекетлер менен тәлим тараўында бирге ислесиў, шет ел компаниялары  қәнигелери, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары профессорлары менен тәжирийбе алмасыўды жақсы жолға қойған.
Мағлыўмат ушын, Ҳикмет Абдуллаев Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдарья  районында туўылып өскен. Ташкент информациялық технологиялары университетиниӊ бакалавр тәлим басқышын, Корея мәмлекетиндеги Kookmin  университетиниӊ магистратура басқышын тамамлаған. Ҳәзирги ўақытта booking.com корпорацияcыныӊ Голландиядағы офисиниӊ программисти болып жумыс алып бармақта.
 
    2019-04-19 17:32:11 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine