Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Milliy gvardiya xızmetshilerine jeńillikli avtokreditler beriledi



 
Оларды бериў шәртлери ҳәм тәртиби Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 17-июльдағы 596-санлы қарарында белгиленген.
Миллий гвардияның жаўынгерлик ҳәм руўҳый-ағартыўшылықта өрнек көрсеткен контракт бойынша әскерий хызметши ҳәм арнаўлы атаққа ийе хызметшилерине мәмлекетте ислеп шығарылған жеңил автомобиллерди сатып алыў ушын жеңилликли кредитлер бериледи. Миллий гвардияның усыныснамаларына муўапық кредитлер Сыртқы экономикалық искерлик миллий банки тәрепинен жылына 300 ге шекем автомобиль көлеминде төмендеги шәртлерде бериледи: Кредит мүддети – 5 жылға шекем;
Дәслепки төлем – автотранспорт қуралы қунының кеминде 20%и муғдарында;
Процент ставкасы – Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасы плюс 2% муғдарында; Кредит бойынша тәмийнат – сатып алынатуғын автомобильди гиреўге қойыў. Кредиттиң басқа шәртлери банктиң кредит сиясаты ҳәм әмелдеги нызамшылыққа тийкарланып белгиленеди. Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында жәрияланды ҳәм 18.07.2019-жылдан күшке кирди.
 
    2019-07-22 16:45:34 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine