Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкис район: пахта атызларында зүрәәт мол



Нөкис районында терим мапазына жедел пәт ендириў мақсетинде район басшылары тәрепинен дерлик ҳәр күни алдағы теримшилер хошаметленип барылмақта, деп хабар берди район ҳәкимлиги. Бул өз гезегинде район пахта қырманын бәлент шашлаўға тийкар жаратпақта. Быйыл Нөкис районында 121 фермер хожалығы 1165 гектар жер майданына шигит еккен болса, соннан, бүгинги күнге шекем мәмлекетимиз қырманына 1800 тоннадан аслам пахта өнимин тапсырып, жыллық режени 71,2 процентке орынлады. Бунда режесин артығы менен орынлаған 25 фермер хожалығының үлеси өз алдына болды. Пахта атызларында еле зүрәәт мол.
    2018-10-12 16:27:25 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine