Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда пахта таласын сатыў бойынша Ҳүкимет қарары тастыйықланды



“Ўзпахтасаноат” акционерлик жәмийети кәрханаларында ислеп шығарылған пахта таласын сатыў ҳәм есап-санақлар механизмин жетилистириў ҳаққында Ҳүкимет қарары тастыйықланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң Телеграм каналында хабар берилди.
Қарар пахта таласын сатыў механизмин еле де жетилисириў мақсетинде қабылланды.
Қарарға муўапық, “Ўзпахтасаноат” АЖ кәрханаларында ислеп шығарылған пахта таласы экспортқа шет ел волютада резидент емеслерге биржа саўдалары арқалы ҳәм туўрыдан-туўры контрактлар бойынша сатылады.
“Ўзпахтасаноат” АЖ кәрханаларында ислеп шығарылған пахта таласын сақлаў ҳәм экспортқа ҳәм республика шөлкемлерине жеткерип бериў тек ғана пахта терминаллары арқалы әмелге асырылады.
Сондай-ақ, шет елли қарыйдарлар ҳәм республика шөлкемлери тәрепинен пахта таласын сапасы ҳәм аўырлығы бойынша жуўмақлаўшы қабыллап алыў пахта терминалларында әмелге асырылады.
Қарар менен Пахта таласын сатыў ҳәм есап-санақ етиў, Пахта таласын биржа саўдаларында сатыў, Пахта таласын сертификатлаў ҳәм тартыў тәртиби ҳаққындағы нызамлар тастыйықланды.
 
    2018-02-14 11:51:34 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine