Ózbekstanǵa elektromobiller alıp kiriwge akciz salıǵı biykarlandı
Өзбекстанда электромобиллер алып кириўге акциз салығы бийкарланды. Бул ҳаққында президенттиң «Өзбекстан Республикасы автомобиль санаатын тез раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында
айтылған.
2019-жылдың 1-январынан электромобиллер алып кириўге (ТН ТИФ коды 870380) бажыхана бажының ноль ставкасы орнатылған. Бирақ, акциз салығы бойынша 8703 топардағы барлық товарларға 30 процентлик ставка белгиленген еди.
Енди, электромобиллерге акциз салығы ставкасы ноль процент дәрежесинде орнатылды (басқа автомобиллер ушын ставка алдынғыдай қалды). Солай етип, алып кириўде енди тек ғана Қосылған қун салығының өзи болады. Буннан алдын, Өзбекстанда электромобиль технологиялары ушын сынаў ҳәм сертификатлаў орайы шөлкемлестирилиўи
хабарланған еди.