Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

QMUda “Quyash fotoelektro stanciyası” iske tústi



Derek: karsu.uz
 
Усы жылдың 14-январь күни Қубла Кореяның Korea Energy Agency - Корея энергетика агентлиги, WEEnergy, Hanbеk Construction Co., Ltd компаниялары ҳәм Өзбекстандағы шериклеси «Қуяш энергиясы Халықаралық институти» ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте университеттиң гелио-полигонында 3 кВт қуўатлығындағы Қуяш фотоэлектро станциясының рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.
Бүгинги күнде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  “Энергетика”, “Электроэнергетика”, “Электротехника”, “Электромеханика ҳәм электр технологиялары”, “Метрология, стандартластырыў ҳәм өним сапасы менеджменти” тәлим бағдарларында кадрлар таярлаў жолға қойылған. Ҳәзирги ўақытта бул тәлим бағдарларында 700ден аслам бакалавр басқышы студентлери тәлим алмақта.
Университетте ашылып атырған Қуяш фотоэлектро станциясы ҳәм заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген лаборатория ханасы студент-жаслар ушын теориялық алған билимлерин әмелият пенен бирге алып барыўында ҳәм жас илимпазларымыздың изертлеў алып барыў объекти ўазыйпасын өтеўде өзиниң үлкен нәтийжесин береди.
 
    2020-01-16 11:39:13 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine