Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Reydlerde uslanǵan balıqlar múriwbet úyine tapsırıldı



Derek: kknews.uz
 
Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, комитеттиң қадағалаў инспекциясы ҳәм биокөптүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийий аймақлар мәселелери бойынша мәмлекетлик инспекторлары усы жыл 16-октябрь күни орынларда гезектеги рейд кадағалаў илажларын өткерген. Рейд илажлары барысында, пуқаралар 8 дана судак, 1 дана сазан, 1 дана лещ ҳәм 172 дана ақ балықларды нызамсыз аўлаған жеринде иркилген.
Бул пуқаралар Өзбекстан Республикасы «Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамының 35-бөлими талапларын бузған. Өзбекстан Республикасы Әдиллик Министрлигинен 2006-жыл 2-майда дизимнен өткен «Аң ҳәм балық аўлаў» қағыйдасында Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьядан аў дузақлар жәрдеминде балық аўлаў қадаған етиледи, деп көрсетилген.
Усланған балықлар Қарақалпақстан Республикаси Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң  Шымбай районлық бөлими тәрепинен пайдаланыўға жарамлы деп таўылып, қайыр-сақаўат ретинде Шымбай районындағы ерлер «Мүриўбет үйи»не тапсырылды. Рейд илажлары даўам етпекте.
 
    2019-10-22 14:28:59 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine