Шавкат Мирзиёев Владимир Путин менен телефонда сөйлести
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести. Бул ҳаққында kun.uz Кремль
баспасөз хызметине тийкарланып хабар бермекте. Атап өтилиўинше, сәўбет Өзбекстан тәрепиниң басламасы менен өткерилген. Сәўбет даўамында 2017-жылдың апрелинде Өзбекстан президентиниң Россияға әмелге асырған мәмлекетлик сапары жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди әмелге асырыў процесси сөйлесилген. Тәреплер еки мәмлекет сиясий, саўда-экономикалық ҳәм басқа тараўларда стратегиялық шериклик ҳәм бирге ислесиўди еле де беккемлеўден мәпли екенин тастыйықлады.