Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ташкент ўәлаяты ҳәкимине ескертиў берилди, ўәлаят Ишки ислер басқармасы баслығы жумыстан алынды



14-октябрь күни Өзбекстан Республикасы бас министри Абдулла Арипов басшылығында болып өткен селектор даўамында Ташкент ўәлаяты ҳәкими Ғуломжон Иномович Ибрагимовқа ескертиў берилген. Бул ҳаққында «Kun.uz» хабар бермекте.
Мәлим етилиўинше, ўәлаят баслығы 2018-жылғы пахта өнимин жыйнап-терип алыў ислерин оғада төмен шөлкемлестирген ҳәм жуўапкерсизликке жол қойғаны ушын ескертилген.
Сондай-ақ, жыйналыс ўақтында Ташкент ўәлаяты Ишки ислер басқармасы баслығы, подполковник Абдумалик Алламурадов жумыстан алынған. Ол усы жылдың январь айынан баслап ўәлаят ИИБ баслығы лаўазымда ислеп баслаған еди. Ҳәзирше оның орнына ким тайынланғаны мәлим емес.
Ғўломжон Ибрагимов ўәлаят ҳәкими лаўазымында 2017-жылдың октябринде пахта өнимин қосып жазғаны ушын жумыстан алынған Шукрулло Бобоев орнында жумыс баслаған еди. Ол 2018-жылдың январында Ташкент ўәлаяты ҳәкими лаўазымына рәсмий тайынланған еди.
    2018-10-15 12:15:56 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine