Til – millet aynası
Derek: kegeyli.rk.uz
Кегейли районындағы 11-санлы Балалар музыка ҳәм кѳркем-ѳнер мектебинде 21-октябрь Ѳзбекстан Республикасының Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгенлигине 30 жыл толыў мүнәсибети менен «Тил миллеттиң айнасы» атамасындағы салтанатлы байрам кешеси болып ѳтти. Онда сѳзге шыққанлар, ѳзбек тилиниң әҳмийети ҳаққында ѳзлериниң пикирлерин билдирди.
Кѳркем-ѳнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы болса жыйналғанларға ѳзгеше заўық бағышлады.